Игі ислер бизди бирлестириеди: Халықаралық Волонтёрлер Күни
08.12.2024, 12:411

Халықаралық Волонтёрлер Күни муносибети менен Қарақалпақстан Республикасы Экология, әтраф-муҳитти қорғаў әм климат өзгериси министрлиги «Арал денгизи жашлары🌊» волонтёрлик клубы менен биргеликте атқарылған ислерди қортындылады.
Шарада волонтёрлердиң әтраф-муҳитти қорғаўға әм жәмийетти раўажландырыўға қосқан маңызды үлеси атап өтилди. Белсенди қатнасыўшылар естелик сыйлықлар менен сыйланды.
